Ҳүрметли Ўатанласлар

29 Просмотры
Издатель
Сизлерди бүгинги Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы менен шын кеўилден қутлықлаймыз,  елимизде барқулла тынышлық ҳүкими сүре бериўине тилеклеслик билдиремиз. Конституциямызда белгилеп қойылғанындай, бүгинги күнде инсан мәпи ҳәр қандай нәрседен үстин екенлиги,  оның  ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, миллетлер аралық дослық мәселелери, пуқаралардың тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли ислер әмелде өз көринисин таппақта ҳәм гүллеп раўажланыўымыздың ҳуқықый кепили сыпатында хызмет етпекте.
  Бунда пуқара – жәмийет – мәмлекет ортасындағы өз-ара мүнәсибеттиң  бирден-бир әдалатлы ҳуқықый шешими Конституция екенлигин айрықша атап өтиўимиз орынлы.
   Сонлықтан да жас әўладты ана-Ўатанға  садық ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда күш-жигериңизди аямай, өз үлесиңизди қосыўға шақырып қаламыз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.me/nukuspress
Категория
Тренды сегодня
Комментариев нет.